<?xml version="1.0" encoding="UTF-8"?><song><author>Кеңесғали Айимбетов</author>
<lyrics>[V1]
 // Бул дүньяда мен жасап,
 Көп қәте, күнә қылдым.
 Көзлеримнен жас төгип,
 Қыйналып өмир сүрдим. //

[C1]
   // Ей, Қудайым, бармысаң деп,
   Маған жәрдем бер Сен деп.
   Азап шеккен кеўлимде,
   Шөл-көллерин қылмадың. //

[V2]
 // Қудайымның мийримин,
 Кейинирек билгенмен.
 Күнә деген дозақтан,
 Қутқарыўшы келгенин. //

[C2]
   // Көзлеримнен жас аралас,
   Қыйналып жүрген едим.
   Бул өмирден үмит қылмай,
   Түңилип отырған едим. //

[V3]
 Бул дүньяға келген соң,
 Жалғыз пана Ийсаны.
 Күнәлерден суўырып,
 Мухаддес оның қаны.
 Бул дүньяға келген соң,
 Жалғыз пана Ийсаны.
 Күнәлерден суўырып,
 Мухаддес оның қаны.

[C3]
   Қайырмасы:
   Үмитлерге үмит берди,
   Жылағанға жубаныш.
   Қыйналғанға тынышлық,
   Жарық болып Ийса келди.
   Үмитлерге үмит берди,
   Жылағанға жубаныш.
   Қыйналғанға тынышлық,
   Жарық болып Ийса келди.

[V4]
 // Көзлеримде қуўаныш жасы,
 Жүрегимде тынышлық.
 Жубатады Оның сөзи,
 Рахмет Саған, Қудай Улы. //

[C4]
   // Күнәдан мен азат болдым,
   Ийса мени қутқарды.
   Ап-пақ болып төгилген,
   Мухаддес қаны менен. //</lyrics>
<title>Бул дуняда мен жасап</title>
</song>